«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасының нәўбеттеги сабағында инсанның минез-қулқын билдириўши сөзлердиң инглис тилиндеги аўдармасын үйренемиз.
Adjectives that describe character
Минез-қулық ҳәм басқа да қәсийетлерди тәрийплеўши келбетликлерHumorous [ ˈhjuːmərəs – ҳәзилкеш
Serious [ ˈsɪəriəs ] – аўыр-басық
Happy [ ˈhæpi ] – бәрҳә күлип жүриўши
Jolly [ ˈdʒɒl.i ] – хош кейпиятта жүриўши
Lively [ ˈlaɪvli ] – өмирге қуўанышлы көз бенен қарайтуғын
Sad [ sæd ] – кеўилсиз
Dull [ dʌl ] – түскин кейпиятта жүриўши
Generous [ ˈdʒenərəs ] – сақый, ашық қол
Shy [ ʃaɪ ] – тартыншақ, уялшақ
Сөзлердиң транскрипциясы www. myefe.ru сайтынан алынды.
«Karinform.uz: Инглис тилин үйренемиз» рубрикасы менен инглис тилине байланыслы қызықлы мағлыўматларды оқыўыңыз ҳәм инглис тили бойынша лексикаңызды байытыўыңыз мүмкин. Бизиң сайтымызды дыққат пенен гүзетип барың, жаңалықлардан хабардар болың ҳәм билимиңизди жетилистириң.
Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова