Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.06.2018 11:10
  • 1900

ҚМУ магистратура бөлимине жаңадан қосылған қәнигеликлер қайсылар?



2018-2019-оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлимине (5А130103) дифференциаллық теңлемелер ҳәм математикалық физика ҳәм (5А120502) философия қәнигеликлери жаңадан қосылды.
Дифференциаллық теңлемелер ҳәм математикалық физика қәнигелигине төрт орын ажыратылған, соннан биреўи мәмлекетлик грант тийкарында ал, үшеўи төлемли шәртнама тийкарында қабылланады.
Философия қәнигелигине де сол сыяқлы төрт орын ажыратылған болып, соннан биреўи мәмлекетлик грант тийкарында, ал үшеўи төлемли шәртнама тийкарында қабылланыўы режелестирилген.
2018-2019-оқыў жылында университеттиң магистратура бөлимине жәми 24 қәнигелик бойынша 113 магистрант қабылланады. Соннан 33и мәмлекетлик грант ал, 80и төлемли шәртнама тийкарында оқыўы мүмкин.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға