Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.06.2018 12:29
  • 1655

7 коллеж питкериўшисин турақлы жумыс пенен тәмийинлеген кәрхана баслығы таңлаў жеңимпазы болды

7 коллеж питкериўшисин турақлы жумыс пенен тәмийинлеген кәрхана баслығы таңлаў жеңимпазы болды

O‘zLiDeP Хожели қалалық Кеңеси тәрепинен «Исбилермен ҳаял» таңлаўы өткерилди, деп хабар берди O‘zLiDePтиң Хожели қалалық Кеңесиниң атқарыўшы хаткери. Таңлаўда исбилермен ҳаял-қызлар өзлериниң тигиўшилик, өнерментшилик, фермерлик ҳәм ислеп шығарған буйымлары менен қатнасты.
- Кәрханамызда қарақалпақ халқының миллий көйлеклери, қурақлардан ҳәр түрли көрпеше ҳәм көпшиклер, келиншеклер ушын көйлеклер тигиледи, - дейди таңлаў жеңимпазы «Гули» тигиўшилик кәрханасының баслығы Г.Сейтназарова.
- Ҳәзир 7 көллеж питкериўшисин турақлы жумыс пенен тәмийинлегенбиз. Келешекте банктен имтиязлы кредитлер алып, искерлигимизди және де кеңейтиў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў нийетимиз бар. Бул сыяқлы таңлаўлар исбилерменлер менен тәжирийбе алмасыў, тараўға байланыслы билим ҳәм көнликпелеримизди байытыўға жәрдем береди, – дейди жеңимпаз.
Таңлаў жеңимпазлары диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...