Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.06.2018 15:11
  • 1327

Быйылғы журналистика кәнигелиги питкериўшилеринен қандай жаңалықлар бар?

Быйылғы журналистика кәнигелиги питкериўшилеринен қандай жаңалықлар бар?

Усы жылдың 18-21-июнь күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универститети журналистика қәнигелиги бакалавр тәлим бағдары питкериўшилери питкериў қәнигелик жумысларын табыслы тамамлады.
Быйылғы питкериўшилердиң қәнигелик жумысларында көп ғана жаңалықлар ҳәм жетискенликлер бар екен. Сонлықтан, бул жаңалықларды көпшилик пенен бөлисиўди мақул көрип журналистика кафедрасы баслығы, филология илимлериниң кандидаты Злиха Оразымбетованың пикирлерине тоқталсақ: 2017-2018-оқыў жылында журналистика тәлим бағдары студентлериниң питкериўши қәнигелик жумыслары өткен жылға салыстырғанда өзгешеликлер көп болды. Мәселен: «Ҳәзирги заман АҚШ журналистикасы», «Дата журналистика медиа билимлендириў нәтийжелери», «Колонка жанрының заманагөй көринислери», «Маршалл Маклюэн мийнетлеринде медиа анализи» сыяқлы темалар журналистика кафедрамыз ушын жаңалық болды. Әлбетте, питкериў қәнигелик жумыслары-бул илимий жумыс ҳәм изленис есапланады. Сонлықтан да, баҳалаўда олардың илимийлигине үлкен итибар қаратылды.
Сондай-ақ, филология илимлериниң кандидати Зияда Қожиқбаева менен быйылғы питкериўшилер ҳаққында сәўбетлестик: Быйылғы питкериўшилеримиз журналистика қәнигелигине бир қанша жаңалықлар алып келди, себеби, студентлеримиз питкериўши қәнигелик жумысы темаларын өзлери таңлап, көпшилиги алдын изленбеген темаларды алып, жаңалық ашыўға еристи, питкериўшилеримиз мийнетлерине жараса баҳаланды.
Журналистика қәнигелигине жаңалық алып кирген «Ҳәзирги заман АҚШ журналистикасы» темасында ПҚЖ табыслы жақлаған Зийўархан Хожамуратованың пикир ҳәм усынысларын бизлер менен бөлисиўди мақул көрди: Мен бул теманы алыўымнан мақсет - азда болса да Қарақалпақстан журналистикасына жаңалық киргизиў еди, әлбетте, қыйыншылық болды, себеби алдың бул тема бойынша Қарақалпақстанда ҳеш қандай изленис алып барылмаған, бул тема ҳақкында қарақалпақ яки өзбек тилинде мағлыўматлар аз болғанлықтан интернеттен рус тилиндеги мағлыўматларды аўдармалаўға еристтим. Усынысым: сабақлықларға АҚШ журналистикасы ҳаққында киргизилсе, келешек әўлад бул ҳаққында кеңирек мағлыўматқа ийе болар еди.
Мағлыўмат орнында соны да айтып өтиўмиз керек, 2017-2018-оқыў жылында журналистика тәлим бағдарын 23 студент питкерип шықпақта. Олардың айырымлары оқыўды пикермей-ақ жумысқа қабилланған, 4-5 студент магистратурада оқыўын даўам еттирмекши, ал 3 студент болса айрықша диплом менен питкермекте.
Биз олардың келешектеги жумысларында әўмет ҳәм табыслар тилеп қаламиз.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА
Журналистика қәнигелиги 2-курс студенти
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...