Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.06.2018 15:22
  • 1644

«Жылдың ең белсенди спорт журналисти» таңлаўының Қарақалпақстандағы жеңимпазы ким?



2017-жылдың май айында қайта дүзилген «Қарақалпақстан спорты» газетасының арнаўлы хабаршысы Қуралбай Кеңесбаев Өзбекстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең белсенди спорт журналисти» таңлаўының жеңимпазы деп табылды.
Ол таңлаўға 2017-жылдың 1-июнь сәнесинен 2018-жылдың 1-июнь сәнеси аралығында ғалаба хабар қуралларында жәриялаған дүнья жүзи, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстандағы спорт илажлары, спортшылар ҳәм олардың тренерлери туўралы 70ке жақын информациялық ҳәм көркем-публицистикалық жанрдағы материаллары менен қатнасты.
Ол «Қарақалпақстан спорты» газетасында ислеў менен бирге Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлими журналистика қәнигелигиниң 1-курс магистранты.
Журналистти табысы менен қутлықлап, оқыўларында табыс, дөретиўшилик жумысларына бәлент пәрўазлар тилеймиз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны