Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.07.2018 12:25
  • 1737

Тест өткерилип атырған күнлери мәмлекетлик тест орайы веб-сайтының ислеўи аўырласпай ма?

Тест өткерилип атырған күнлери мәмлекетлик тест орайы веб-сайтының ислеўи аўырласпай ма?

Алдынғы жыллары 1-август күни өткерилген тест сынақларының нәтийжелери жәрияланған ўақытта Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz веб-сайты көпшилик пайдаланыўшылар бир ўақыттың өзинде киргени ушын ислеў процеси бираз қыйынласып, сайт ашпай қалатуғын жағдайлар жийи ушырасып туратуғын еди.
Алдын хабар берилгениндей, быйылғы жылы тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткериледи ҳәм тест нәтийжелери тест күниниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының веб-сайтында жәрияланады.
KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев пенен сәўбетлесиўде веб-сайтқа пайдаланыўшылар бир ўақытта киргенде техникалық насазлықлар ямаса сайт ислеў процесиниң қыйынласыўы мүмкин бе екенлиги ҳаққындағы сораў менен мүрәжат етти.
Музаффар Абдуллаевтың айтыўына қарағанда, Мәмлекетлик тест орайының веб-сайты – dtm.uz жаңаланған версияда жумыс алып бармақта. Сайтта техникалық жумыслар алып барылып, жоқарыдағы көтерилген мәселелер өз шешимин тапқан. Рәсмий ўәкилдиң айтыўынша, бир ўақыттың өзинде 100 мыңнан аслам пайдаланыўшылар сайтқа киргенде де сайт өз жумысын толық атқара алады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...