Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.07.2018 13:07
  • 1689

Электрон китапты оқысаңыз, ана тәбиятты қорғайсыз



Электрон китаплардың баспадан китаплардан көре абзаллық тәреплери бар. Олар төмендегилер:
1. Электрон китаплар орын ийелемейди. Үйлерди ремонтлағанда ямаса басқа үйге көшкенде текше-текше китапларды тасып жүриў шәрт емес. Бундай ўақытта китаплар жойтылады ямаса бетлери жыртылады. Дем алыўға баратырғаныңызда көби менен он китап алып кетиўиңиз мүмкин. Ал, олардың электрон вариантын флешкаға алып жүрсеңиз мыңлаған китапларды сыйдырыўға болады.
2. Электрон китапларды табыў аңсат. Виртуал тармақтан бир мәрте сатып алған китабыңыз қурылмадан өшип кеткен болса да, оны электрон китапханадан екинши мәрте бийпул көширип алыў имканияты бар. Оның тиражы азлығы себепли жетпей қалыўы мүмкин емес.
3. Электрон китапларды оқыған қолайлы. Ридерлерде күндиз ҳәм кеште де оқыў функциясы бар. Текстти үлкейтип, реңин, формасын өзгертиў мүмкин.
4. Электрон китаплар пулыңызды тежейди. Э-китап баспа китаптан бир неше есе арзан. Баспа китаплар күннен-күнге қымбатлап атырған ўақытта э-китаплардың баҳасы арзанып бармақта.
5. Электрон китапты оқып, ана тәбиятты қорғайсыз. Дүньяда қағаз ислеп шығарыў ушын жылына 125 миллион терек кесиледи. Бир орташа қалыңлықтағы китапты таярлаў ушын 5 кг ағаш сарпланады. Ал, электрон китапларды оқысаңыз, тереклерди сақлаған боласыз.
6. Электрон китап бактерия тарқатмайды. Шыпакерлердиң айтыўына қарағанда, узақ ўақыт шаң ҳәм ызғарда қалған китаплар бактерияларды шығарып, ҳәр түрли кеселликлерге себеп болыўы мүмкин.


Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул