Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.07.2018 13:36
  • 1200

Алымлар дүньядағы ең патас дәрьяларды жәриялады



Берлиндеги Гельмгольц атындағы әтирап-орталық ҳәм ден-саўлықты изертлеўши орай алымлары Азия ҳәм Африкадағы дәрьяларда миллионлап тонна пластикалық шығындылардың бар екенлигин анықлады. Олардың қатарында Янцзи ҳәм Ганг дәрьялары ең патас дәрьялар деп табылды. Сондай-ақ, Янцзи арқалы Сары теңизге ҳәр жылы 1,5 млн тонна шығынды ҳәм пластикалық өнимлердиң ағып өтиўи анықланған.
Ең патас дәрьялар қатарында Ҳинд, Нигер, Нил, Меконг, Хайхэ, Амур ҳәм Чжуцзян сыяқлы ири дәрьялар да бар.
Бул шығындылардың зәҳәрлилиги тәбиятта дүзетип болмайтуғын өзгерислерге алып келиўи ҳәм ақыбетте инсанларға зыян келтириўи мүмкин.

Сахибжамал Есемуратова

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте