Telegram karinform

Мәденият

  • 09.07.2018 11:19
  • 1861

Нөкисте «108-бурылма» атамасындағы абстракт ойлаў бағдарында исленген сүўретлер көргизбеси ашылды

Нөкисте «108-бурылма» атамасындағы абстракт ойлаў бағдарында исленген сүўретлер көргизбеси ашылды

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында белгили ҳәм талантлы жас художниклердиң дөретпелеринен ибарат болған «108-бурылма» деп аталған көргизбе ашылды. Бул ҳаққында ӨзАның хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар бермекте.
- Көргизбениң бундай аталыўының себеби, көргизбеден орын алған дөретпелердиң көпшилиги абстракт ойлаў бағдарында исленген, художниклердиң дөретиўшилигиндеги бурылыс болса инсанды терең пикирлеўге бағдарлайды, - дейди көргизбе шөлкемлестириўшиси, художник Бахтияр Серекеев. – Және бир себеби, көргизбе сарайымыз Нөкистеги халықтың тили менен айтқанда «108-бурылма»ға жақын жерде жайласқан.
Көргизбениң тийкарғы мақсети миллий сүўретлеў өнериниң бай мийрасын ҳәм заманагөй сүўретлеў өнериниң табысларын кең жәмийетшиликке танытыў және жас қәбилет ийелерин қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Сондай-ақ, көргизбеден орын алған картиналар, белгили художниклер дөретиўшилигиниң жаңа қырларын ашып береди ҳәм дебютант дөретиўшилердиң дәслепки қәдемлеринен хабардар етеди.
Көргизбе бир ай даўам етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар