Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.07.2018 00:11
  • 1846

Қуранбоев Тахтакөпир жасларының қандай машқалаларын шешиўге жәрдем берди?



Усы жылдың 10-июль күни Тахтакөпир районындағы 17-санлы музыка ҳәм балалар көркем-өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи - Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоев район жаслары менен ушырасты, деп хабар берди Өзбекстан жаслар аўқамы Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы Т.Нагимов. Ушырасыўдан мақсет «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасын үгит-нәсиятлаў ҳәм жаслардың машқалаларын үйренип, оларды сапластырыўға ҳәм өз шешимин табыўға жәрдемлесиўден ибарат.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги ««Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалар ҳәм жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.



Сондай-ақ, райондағы жаслардың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын шәраятлар жаратылып, оларға өзлериниң бизнесин баслаў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратып бериў мәселеси көрилди. Атап айтқанда, Тахтакөпир районында жасайтуғын Н.Аймишова «Кондитер өнимлери» ҳәм П.Уралбаева «Хызмет көрсетиў» орайларын шөлкемлестириў мақсетинде билдирген мүрәжаты қанаатландырылып, оларға 60 млн сўмнан аслам муғдарда кредит ажыратылды. Ушырасыўда буннан басқа да, бир қатар жаслардың машқалалары додаланды, жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып өз шешимин тапты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Р.Рахматовлар қатнасты.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...