
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2018-2019-оқыў жылы ушын сыртқы бөлмиге ҳүжжетлерди қабыллаў квотасы тастыйқланды.
Университет бойынша жәми 400 студент, соннан қарақалпақ топарына 210, ал, өзбек топарларына 190 студент қабылланыўы режелестирилген. Сыртқы бөлим ашылған қәнигеликлердиң дизими менен төменде танысыўыңыз мүмкин:
1. Дене мәденияты (5112000);
2. Филология ҳәм тиллерди оқытыў: Өзбек тили (5120101);
3. Филология ҳәм тиллерди оқытыў: Қарақалпақ тили (5120103);
4. Тарийх (мәмлекетлер ҳәм аймақлар бойынша) (5120300);
5. Биология (түрлери бойынша) (5140100);
6. Журналистика (хызмет түрлери бойынша) (5220100);
7. Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша) (5230100);
8. Бухгалтериялық есап ҳәм аудит (тармақлар бойынша) (5230900);
9. Геодезия, картография ҳәм кадастр (тармақлар бойынша) (5311500);
10. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў (тармақлар бойынша) (5630100);
Ҳүжжетлер 2018-жылдың 10-июль сәнесинен 31-июль сәнесине шекем қабылланады.
Сыртқы бөлимде оқыў төлемли-шәртнама тийкарында әмелге асырылады.
Қәнигеликлердиң тест блоклары ҳәм қайсы топарларға неше абитуриент қабылланатуғынлығы бойынша мағлыўматларды кейинги мақалаларымызда берип барамыз.
Сахибжамал Есемуратова