
NASA қәнигелери Жердиң қасынан 2 астероидтың ушып өткенлигин анықлады. YЕ5 астероиды 2 объектли система екенлиги анықланды, деп жазбақта «Наука».
YЕ5 дәслеп 2017-жылдың 21-декабринде анықланған. 2018-жылдың июнь айында астероид Жерге ең жақын аралықта жақынласқан. Сол ўақытта Жер ҳәм астероид ортасындағы аралық 6 миллион километрди қураған. Бул Жер ҳәм Ай ортасындағы аралықтан 16 есе көбирек. Изертлеўлер астероидтың бир-бири әтирапында айланыўшы 2 объекттен ибарат система болғанын тастыйқлаған.
Дәреклерде келтирилиўинше, астероид бир қатар өзгешеликлерге ийе. Басқа астероидлардан өзгешелик тәреплеринен бири, YЕ5 қара реңге ийе. Қәнигелердиң пикиринше, астероид және 170 жыл даўамында жерге жақынласпайды.
Сахибжамал Есемуратова