Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.07.2018 18:54
  • 2102

Нөкис қаласында 55 метр бийикликте мәмлекетлик байрақлар орнатылады

Нөкис қаласында 55 метр бийикликте мәмлекетлик байрақлар орнатылады

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамы алдында Нөкис қаласында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.

Нөкис қаласында 55 метр бийикликте мәмлекетлик байрақлар орнатылады

Пайтахтымыздың ең пайызлы орынларының бири, яғный Әжинияз шайыр естелиги жанында бой тиклейтуғын 55 метр бийикликтеги, өлшеми 9х6 метрге тең болған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары халқымыз ушын әжайып байрам саўғасы болыўы күтилмекте.
Ҳәзирги ўақытта бул байрақлар Ташкент қаласында исленип атыр. Қурылыс жумыслары ғәрезсизлик байрамы қарсаңында жуўмақланыўы күтилмекте.
Мағлыўматларға қарағанда, өткен дүйшемби күни мәмлекетлик байрақлар қурылатуғын орынға ирге тасын қойыў салтанаты болып өтти.

Нөкис қаласында 55 метр бийикликте мәмлекетлик байрақлар орнатылады

Еслетип өтемиз, бул байрақлар Ташкент қаласында 22-июль күни пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилип атырған республикамыздағы екинши байрақ есапланады.
Мағлыўмат ушын, Ташкент қаласындағы байрақ 65 метр бийикликте, 20х10 метр өлшемде болыўы режелестирилген.

М.ҲАБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл