Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.07.2018 10:11
  • 1830

Арзан турақ жайлардың дәслепки төлем суммасы кемейтилди

Арзан турақ жайлардың дәслепки төлем суммасы кемейтилди

2018-жылда аўыллық жерлерде жаңаланған үлгили жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда арзан көп квартиралы үйлер қурыў бағдарламаларын әмелге асырыў механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық арзан турақ жайлардың дәслепки төлеми төмендегише белгиленди:
1) аўыллық жерлерде:
0,02 га өлшемли жер участкаларында орналастырылатуғын еки, үш, төрт, бес этажлы көп квартиралы (2 ҳәм 3 бөлмели) ҳәм 2, 3 бөлмели бир этажлы арзан турақ жайлар ушын – 10 процент муғдарында;
0,04 га өлшемли жер участкаларында орналастырылатуғын еки этажлы 4 бөлмели бирлестирилген арзан турақ жайлар ҳәм 0,06 га өлшемли жер участкаларында орналастырылатуғын 3, 4 ҳәм 5 бөлмели арзан турақ жайлар ушын – 25 процент муғдарында;

2) қалаларда дәслепки төлемниң қатламластырылған муғдарын әмелиятқа енгизе отырып орташа 15 процент муғдарында.

Бул ипотека кредитлери 2018-жыл 1-июльдан 2020-жылдың 1-январына шекемги болған дәўирде 20 жыллық мүддетке, 3 жыллық жеңилликли дәўир ҳәм биринши 5 жыл даўамында жыллық 7 процентлик ставкасы менен және кейинги дәўирде Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында бериледи.
Еслетип өтемиз, арзан турақ жайлар ушын дәслепки төлем усы күнге шекем сатып алынатуғын турақ жай баҳасының кеминде 25 процентин қураўы керек еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.