Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.07.2018 16:10
  • 1606

Бақша тәрбияшылары ҳәм мектеп оқытыўшылары медициналық көриктен өтиўден бас тартыўы мүмкин бе?

Бақша тәрбияшылары ҳәм мектеп оқытыўшылары медициналық көриктен өтиўден бас тартыўы мүмкин бе?

Өзбекстанда бақша ҳәм мектеп хызметкерлери медициналық көриктен өтиўден бас тартыўға ҳақылы емес. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
«Мектепте оқытыўшыман. Ҳәр жылы мәжбүрий түрде өзимиз пул жыйнап, медициналық көриктен өтемиз. Сораўым соннан ибарат, медициналық көриктен өтиўимиз шәрт пе?» - деп жазылған Телеграм каналына келип түскен мүрәжатта, деп жазады Daryo.uz.
Мийнет кодексине муўапық жумыс бериўши мийнет шәртнамасын дүзиў ўақтында дәслепки тәризде ҳәм кейин ала ўақты-ўақты менен улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги тәрбия ҳәм басқа мәкемелердиң тиккелей балаларға тәлим ямаса тәрбия бериў менен бәнт болған педагог және басқа хызметкерлерин медициналық көриктен өткериўди шөлкемлестириўи шәрт.
Хызметкерлер медициналық көриклерден өтиўден бас тартыўға ҳақылы емес.
Медициналық көриктен өтиў мүнәсибети менен хызметкерден пул өндирилиўи мүмкин емес, сондай-ақ, медициналық көриклерди өткериў ўақтында хызметкердиң жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...