Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.07.2018 12:29
  • 1744

Қытай Сарез көлин сатып алды. Бул Өзбекстанға машқала туўдырыўы мүмкин бе?

Қытай Сарез көлин сатып алды. Бул Өзбекстанға машқала туўдырыўы мүмкин бе?

Россия президенти жанындағы аўыл хожалығы ҳәм мәмлекетлик хызметлер академиясының (FESN RANXiGS) социаллық-гуманитар илимлер кафедрасының доценти Игорь Загарин Тәжикстандағы Сарез көлиниң сатылыўы Өзбекстанға қандай тәсир көрсетиўи мүмкинлиги ҳаққында өз пикирлерин билдирди. Бул ҳаққында Sputnik басылымына тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.
- Қытай Тәжикстаннан дерлик пүткил көлди сатып алды ҳәм ол жерде ишимлик суўын ислеп шығарыўды жолға қойыўды режелестирмекте. Бул қоңсы мәмлекетлерге белгили бир машқалаларды келтирип шығарады, биринши гезекте Өзбекстанға, - деп есаплайды эксперт.
Игорь Загаринниң айтыўына қарағанда, қытайлылар Орайлық Азия ресурсларын өзлестириўди оғада тез ҳәм кескин түрде әмелге асырмақта.
- Өзбекстан Тәжикстан ҳәм Қырғызстан аймақларынан алынатуғын суў ресурсларына байланып қалған. Рогун ГЭСиниң қурылыўы да мәмлекеттиң суў балансын бузыўы мүмкин, - деп айтып өткен Загарин.
Еслетип өтемиз, алдын басқа бир россиялы эксперт – Андрей Грозин Тәжикстан Сарез көлин Қытай компаниясына сатыўы Өзбекстандағы суў менен байланыслы жағдайға тәсир етпеўин билдирген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...