
Июль айының соңғы күнинде Марс Жерге рекорд дәрежеде жақын аралыққа келеди, деп хабар берди РИА Новости. Сийшемби күни планеталар ортасындағы аралық 57,5 миллион километрди қурайды.
Нәтийжеде, Қуяш системасының төртинши планетасы аспандағы ең жақтылы жулдызға айланады.
«31-июль күни Қуяш батқаннан кейин Марсты бақламақшы болсаңыз, сол дәрежеде нур шашып атырған ҳәм қызыл реңде болады», — дейди Финляндиядағы Хельсинки университетиниң астрономы Диана Ҳанникайнен.

Жаз даўамында планеталар ортасындағы аралық сақланып қалады. Сентябрьде олар бир-биринен узақласа баслайды.
Сахибжамал Есемуратова