Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2018 13:44
  • 1776

Порнографиялық көринислерди эфирге узатқан «STV» телеканалының жумысы тоқтатылды. «Sevimli» телеканалы ше?

Порнографиялық көринислерди эфирге узатқан «STV» телеканалының жумысы тоқтатылды. «Sevimli» телеканалы ше?

Баспасөз ҳәм мәлимлеме агентлигиниң комиссиясы «Master media production and broadcast» ЖШЖ шөлкемлестириўиндеги «Sevimli» ҳәм «STV» телеканалларының мониторингинде бирнеше нызам талапларының бузылғанын мәлим етти. Бул ҳаққында Daryo Live хабар бермекте.
Атап айтқанда, Ташкент қаласында жумыс алып барып атырған «Sevimli» телеканалы арқалы 2018-жылдың 15-июль күни саат 21:10 да эфирге берилген «Ҳурлиқо» («I feel pretty») көркем фильминиң 45-минутында порнографиялық мазмундағы көринис болғанлығы анықланған.
Агентликтиң қосымша етиўинше, «бул телеканалда руўхыйлығымыз ҳәм миллий қәдириятларымызға қайшы келетуғын, жаслардың әдеп-икрамлылық нормаларына, тәрбиясына кери тәсир етиўи мүмкин болған жазысыўлар, тестинде уятсызлықты үгит-нәсиятлайтуғын сөзлер болған сырт ел қосықларының берилгенлиги бақланған».
Самарқанд қаласында жумыс алып барып атырған «STV» телеканалы 21-июль күни саат 09:17 де уятсызлықты үгит-нәсиятлайтуғын, әсиресе, жаслардың әдеп-икрамлылық нормаларына, тәрбиясына кери тәсир етиўши сырт ел мультфильмин эфирге узатқан. Атап айтқанда, мультфильм қаҳарманларының уятсызлықты үгитлейтуғын турпайы ҳәрекетлери, сәўбетлесиўлери, нәшебентлик затларды қабыл етиў, уятсызларша қосылыў сахналары әшкара көрсетилген.
- Балалар ушын арналған бундай «мультфильм»лерди эфирге узатып атырған редакторлар, журналистлер, канал басшылары ҳәм техникалық хызметкерлериниң перзентлери, шаңарағы, ҳаялы, ақлықлары жоқ па? Бундай көринислерди эфирге узатқанлар перзентлериниң көзине қарай алады ма екен?! – деп жазылған Баспасөз ҳәм мәлимлеме агентлигиниң хабарында.
Сондай-ақ, усы телеканал арқалы 22-июль күни саат 22:45 сырт елдиң «Мен афсонаман» («I Am Legend») фильми эфирге берилген. Бул фильмниң сюжетинде вирус тарқалған аймақта адамхорлар ҳәм қорқынышлы ҳайўанлардың адамларға ҳүжим етиўи, оны жеўге ҳәрекет етиўи менен байланыслы қорқыныш, мийримсизлик сыяқлы сахналардың бар екенлиги анықланған. Сюжетинде тамашагөйлерди қорқынышқа салыўшы көринислер болғаны себепли, бул фильм «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен Өзбекстанда көрсетиў усыныс етилмеген фильмлер қатарына киргизилген.
Телеканаллар тәрепинен атлары атап өтилген фильм ҳәм мультфильмлерди эфирге узатыў ақыбетинде Өзбекстан Республикасы «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамның 6-статьясы, «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамның 5-статьясы, «Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткериўши мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызамның 16-статьясы, «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы нызамның 14- ҳәм 15-статьяларының талаплары бузылған.
Жоқарыдағы нызам бузыўшылық ҳалатларынан келип шығып, Мәкемелер аралық Комиссияның қарарына тийкарланып, «Master media production and broadcast» ЖШЖ шөлкемлестириўиндеги «STV» телеканалын эфирге узатыў белгили бир мүддетке тоқтатылды.
«Sevimli» телеканалы жуўапкер шахсларға кескин шаралар қолланғаны есапқа алынып, бундай жағдайларға қайта жол қоймаў шәрти менен телеканал басшылары қатаң түрде ескертилди.

Аўдармалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри

Жумысы сапластырылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлим болды

Жумысы сапластырылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлим болды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

20-ноябрь күни Қатар пайтахты Доха қаласында футбол бойынша жигирма екинши жәҳән чемпионатына старт берилди. Дәслепки ойында...