Telegram karinform

Сиясат

  • 07.12.2024 10:44
  • 104

Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

 

«Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-402-санлы, 22.11.2024) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, медицинаның басланғыш буўында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон базасы (дизими) қәлиплестириледи, оларды медициналық тексериўге шақырыў системасы жаратылады.

 

Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаяллардың жатыр мойынының рак кеселлигин скрининглеў адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлық реакция тексериўи жолы менен анықлаў ҳәм де суйықлық цитологиялық усылы менен тексериў жолы менен әмелге асырылады.

30-65 жастағы ҳаяллар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен дәслепки таңлап алыўдан өткериледи.

Скрининг нәтийжесинде онкологиялық кеселлик пенен наўқасланғаны анықланған наўқасларды диагностикалаў ҳәм емлеўге байланыслы қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.

 

2025-жыл 1-январьдан баслап:

➖Онкоқадағалаў ханалары ушын акушер-гинеколог шыпакер ҳәмде мобиль ҳәм стационар маммографлар жумысын 2 сменада шөлкемлестириў ушын рентген-лаборантлар штатлары енгизиледи;

➖Маммография сүўретин оқыў орайы шөлкемлестириледи;

➖Aдам папиллома вирусы диагностикасы ушын қолланылатуғын тест системаларының сапасын қадағалаў бойынша референс-лаборатория жумысы жолға қойылады;

➖ Жатыр мойны ҳәм көкирек бези раги скринингине мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тартылады.

 

2025-жыл 1-майға шекем:

  •  Жатыр мойны раги скрининги ҳәм көкирек бези рагин ерте анықлаўдың сапасын баҳалаў ҳәм мониторинг етиў системасы;
  • Скрининг бағдарламасына киргизилген ҳаял-қызлар менен қайта байланыс системасы енгизиледи.
Social

Усыныс етемиз

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен