Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.07.2018 12:11
  • 1891

ЖООға кириў имтиханларындағы тест сораўлары неге тийкарланып дүзиледи?



Елимиздеги жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары өткерилетуғын сәне де жақынласып қалды. Абитуриентлердиң барлық дыққат-итибары жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларына қаратылған.
2018-жыл 3-апрелде «Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў тәртибин және де раўажландырыў ҳаққында» ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, тест сынақларына кириў ушын руқсатнама 29-31-июль күнлери қабыллаў комиссиясы тәрепинен бериледи.
Бул жылы тест сынақлары күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формасы ушын 1-августтан 15-августқа шекемги аралықта күниге еки сменада өткериледи. Биринши смена саат 8:00 де, екинши смена саат 15:00 де басланады. Абитуриент тест сынақлары өткерилетуғын күни имаратқа тийисли аймаққа саат 07:00, екинши смена ушын саат 13:00 де келиўи керек. Олар абитуриент руқсатнамасы ҳәм паспорты менен шахсын идентификациялаў қураллары ҳәм де видеофиксация қурылмалары арқалы тәртипли түрде киргизиледи. Абитуриент руқсатнамасында көрсетилген сәне ҳәм ўақытта тест сынақларында қатнасады.
Тест сораўлары улыўма орта ҳәм орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириў пәнлери оқыў бағдарламаларына тийкарланып дүзиледи. Тест сораўлары ҳәр бир пән ушын 30 сораўдан ибарат.
Қарарда келтирилген және бир әҳмийетли мәселе, тестке шпаргалка, телефон алып кириўге ҳәрекет еткен абитуриент сол ўақыттың өзинде тесттен шетлетиледи. Абитуриент жоқары оқыў орнына оқыўға кирген ямаса кирмегенлигин тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы билип алыўы мүмкин.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он