Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.07.2018 12:17
  • 1258

1-25-август күнлери аралығында «Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз» айлығы өткериледи

1-25-август күнлери аралығында «Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз» айлығы өткериледи

Беккем шаңарақ – мәмлекет таянышы, оның исенимли келешеги, миллеттиң абырайын жоқарыға көтеретуғын мийрим-шәпәәт, мәнаўият ошағы болып есапланады. Шаңарақ – жәмийеттиң түп негизи болып, ең тийкарғы тәрбия дәргайы.
Сонлықтан, елимизде шаңарақтағы қатнасықларды беккемлеў, ажырасыўлардың алдын алыў, шаңарақларда тынышлық ҳәм татыўлықты, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлерин қәлиплестириў мақсетинде бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң 2018-жыл 16-июльдеги баянламасы менен барлық пуқаралар жыйынларында усы жыл 1-25-август күнлери «Биз шаңарақтағы ажырасыўларға қарсымыз» атамасындағы шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў айлығын өткериў белгиленген.
Шаңарақлық қатнасықларды беккемлеў, шаңарақларда тынышлық ҳәм татыўлықты, руўхый саламат ҳәм жоқары мәдениятлы орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, шаңарақтағы келиспеўшиликлер, жәнжеллердиң алдын алыў, бар жағдайды сапластырыў, ата-ананың саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўдағы орнын ҳәм ролин, шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеўдеги жуўапкершилигин арттырыў, қатнасықларды өз-ара ҳүрмет, меҳир-мириўбет ҳәм аўызбиршилик принциплерине тийкарланыўына ерисиў сыяқлы мәселелерге халықтың итибарын қаратыў, додалаў үлкен әҳмийетке ийе.
Бул айлықта белсене қатнасыў ҳәр биримиздиң пуқаралық миннетимиз болыўы менен бирге, жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланған шаңарақты беккемлеўге қосқан үлкен үлесимиз болып табылады.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт