Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2018 13:15
  • 1788

Мойнақта усы жылдың дәслепки 6 айы даўамында жеке исбилерменлердиң дәрамат салығынан 406,9 мың сўм жеңилликлер қолланылды



Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларын баслаўға ҳәм кеңейтип барыўға барлық қолайлық ҳәм шараятлар жаратыў бүгинниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири болып табылады. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман, қарар ҳәм бийликлер тараўды раўажландырып барыўға хызмет етпекте.
Президентимиздиң 2017-жыл 28-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018-жылларында экономикалық раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў бойынша Мойнақ районында жыл басынан усы күнге шекем жеке тәртиптеги исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Мәселен, Мойнақ районы бойынша бүгинги күнде жәми 171 өз исбилерменлик хызметлерин әмелге асырып киятырған болып, соннан, азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес өнимлерин усақлап сатыў исбилерменлик түри бойынша ҳәзирги ўақытта 135 жеке тәртиптеги исбилермен халыққа хызмет көрсетип келмекте. Оларға усы жылдың 6 айы даўамында жеке тәртиптеги исбилерменлердиң дәрамат салығы бойынша 406,9 мың сум жеңилликлер қолланылған. Сондай-ақ, халыққа турмыслық хызметлерди көрсетиў исбилерменлик түри бойынша 36 жеке тәртиптеги исбилермен жумыс алып бармақта. Район бойынша 171 жеке тәртиптеги исбилерменлерге жәми 446,7 мың сум муғдарында дәрамат салықларынан жеңилликлер берилди, -дейди ҚР МСБ бөлим баслығы Қ.Раджапов.
Салық жеңилликлери ҳәм преференциялар болса исбилерменлердиң жумысларын және де кеңейтиўге ҳәм халыққа усынылып атырған өнимлер ҳәм көрсетилип атырған хызметлер сапасын жақсылаўға хызмет етпекте.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...