Тест процесиниң екинши күни – 2-август күни жуўмақлары бойынша Мәмлекетлик тест орайының сайтында мағлыўмат жәрияланды.
Мағлыўматта келтирилиўинше, тест сынақларында 25 жоқары оқыў орнының 71 тәлим бағдарында 58 мың 206 абитуриент қатнасқан.
1219 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге бола тест сынақларына келмеген.
Тест сынақлары тәртип-қағыйдаларын бузғаны ушын 508 абитуриент, соның ишинде 251 абитуриент тест өткериў орнына кирер ўақытта уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет еткенлиги ушын, 257 абитуриент тест процесинде басқа биреўдиң орнына кириўге ҳәм шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәрекет еткенлиги ушын тест сынақларынан шетлетилген.
Тест сынақларын өткериўге билимлендириў мәкемелеринен 2 мың 444 топар қадағалаўшысы қатнасыўы белгиленген болса, соннан 38 қадағалаўшы қатнаспаған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz