Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.08.2018 12:04
  • 1895

Беруний базарындағы асып қойылған адам уры ма?

Беруний базарындағы асып қойылған адам уры ма?


Интернет тармақларында Беруний районындағы «Шаббаз» ҳәптелик дийқан базарының дәрўазасында урлық ислеўде гүманланған шахстың қоллары байланып, арқан менен асып қойылған жағдайы видеоға алынған ўақыя тарқалған еди. Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги берген мағлыўматқа сүйенип, Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасының хабар етиўинше, ўақыя 1-август күни саат азанғы 6.00 лар әтирапында пуқара У.А. тәрепинен исленгени көрсетилген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Пуқара У.А. базар аймағында саўда ислеўши адамлар тәрепинен урлық ислеўде гүманланып услап турылған пуқара Д.Нның қолларын арқан менен байлап, базардың кириў дәрўазасына асып қойған ҳәм пуқара Д.Н.ның ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин кемситетуғын ҳәрекетлер ислеген. Бул ўақыя бойынша пуқара У.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 229-статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. Пуқара Д.Н.ның урлық жынаятын ислегени ямаса ислемегени бойынша тергеўде анықлық киргизиледи ҳәм бул ҳаққында тергеўдиң жуўмағына бола мәлимлеме бериледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,