
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының педагогика бағдарында 2017-2018-оқыў жылынан баслап арнаўлы сыртқы бөлим ашылады. Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 9-август күни қабыл етилген «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагогика бағдарында арнаўлы сыртқы бөлимлерди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Қарарында айтып өтилген.
Мағлыўматларға қарағанда, арнаўлы сыртқы бөлимниң оқыў процесси 1-октябрьден басланыўы режелестирилген.
Сахибжамал Есемуратова.