Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.08.2018 15:04
  • 1691

НМПИда сырт ел пуқаралары да оқыўы мүмкин. Ҳүжжетлер қабылланбақта

НМПИда сырт ел пуқаралары да оқыўы мүмкин. Ҳүжжетлер қабылланбақта

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 26 тәлим бағдары бойынша бакалаврлар (күндизги) қабыл етиўди режелестирген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 4-августтағы «Сырт елли пуқараларды Өзбекстан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў ҳәм оқытыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 169-санлы қарары тийкарында, сырт ел пуқаралары да педагогикалық институттағы 26 бакалавр (күндизги) бағдарлары бойынша ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

Сырт ел пуқаралары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы керек:

- оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы арза;
- үйренилген пәнлер ҳәм олар бойынша имтиханларда алынған баҳалар (баллар) көрсетилген мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетлердиң түп нусқалары және нотариал тастыйықланған нусқалары;
- денсаўлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама;
- миллий паспорт (әмелдеги визасы менен) ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық;
- 4х6 см өлшемдеги 6 дана фотосүўрет.

Еслетип өтемиз, сырт ел пуқараларынан ҳүжжетлер усы жылдың 20-август сәнесине шекем қабылланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...