Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.08.2018 12:57
  • 1814

Жумысқа кириў ўақтында пуқаралардан әскерий билет талап етилмейди

Жумысқа кириў ўақтында пуқаралардан әскерий билет талап етилмейди

- Өзбекстанға көп емес, аз санлы ҳәм заманагөй армия керек, - булл пикирди 3-август күни Сенаттың қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң есап бериў ўақтында комитет ағзасы Бойматжон Расулов алға сүрди, деп хабар бермекте Gazeta.uz сайтына тийкарланып Daryo.uz.
- Өзбекстан ҳәзирги ўақытта профессионал ҳәм аз санлы армияны қәлиплестирмекте. Әскерий доктринаға муўапық, Өзбекстан – тынышлық сүйер мәмлекет. Сол себепли де, армияның саны мәмлекеттиң ишки қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын жетерли болса, соның өзи жеткиликли.
Июль айының басында комитет хызметке шақырыў жасын 27 емес, 25 жас деп белгилеў ҳаққында Бас министрге парламентлик сораўын жиберген. Министрлер Кабинети октябрь айында сораўға жуўап береди.
- Шақырыў комиссиялары сайлап алыў өткереди ҳәм бул оғада жақсы, себеби барлық жигитлерди әскерий хызметке тартыўдың илажы жоқ. Шақырыў жасын 25 жас етип белгилеў арқалы биз армияда хызмет етип атырғанлардың санын азайтпақшымыз, - дейди Бойматжон Расулов.
Сенатордың мәлим етиўинше, қорғаныў ислери басқармаларынан мағлыўматнама алыў бийкар етиледи. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен жумысқа кириў, билимлендириў мәкемелерине қабыллаў, пенсия тайынлаў, паспорт алыў ҳәм басқа жағдайларда пуқаралардан әскерий билет ямаса әскерий бөлимде есапта турғаны ҳаққындағы гүўалықты талап етиў тәртиби сапластырылады.
Комитеттиң Бас министрге жиберген сораўына бола, пуқаралардан қорғаныў ислери басқармалары беретуғын мағлыўматнаманы талап етиўге шек қойылады. Сондай-ақ, сораўда 2019-жылдың 1-январь күнинен баслап әскерий хызмет пенен байланыслы ҳүжжетлерди усыныўды Мәмлекетлик хызметлер агентлигине тапсырыў усыныс етилген. Ҳүкимет басламаны қоллап-қуўатлаған.
- Буннан былай студент ҳәм басқа әскерий миннетлемеси болған адамлар қорғаныў ислери басқармаларына мағлыўматнама алыў ушын барып жүрмейди, - деген Бойматжон Расулов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...