Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2018 10:07
  • 1361

ҚМУға неше пән олимпиадасы жеңимпазлары, көзи әззи ҳәм В1+ сертификатына ийе абитуриент қабылланды?



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2018-2019-оқыў жылы ушын өткерилген кириў имтиханлары жуўмақланды, деп хабар берди karsu.uz сайты.
Тест сынақлары 3-8-август күнлери аралығында Нөкис олимпия резервлери колледжиниң 2 бинасында 1-сменада ҳәм Қарақалпақстан Республикасы олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша жоқары спорт мектебиниң 4 бинасында 1-сменада болып өтти.
Мағлыўмат орнында, усы оқыў жылы ушын улыўма күндизги бөлимге 18089 абитуриент ҳүжжет тапсырған болса, соннан:
Пән олимпиадасы жеңимпазлары – 2;
«Мәрт уғлан» мәмлекетлик сыйлығы ийеси – 1;
Спорт жарыслары жеңимпазлары (чемпионлар) – 7;
Әскерий хызмет ўақтында әкеси ямаса анасы майып ямаса қайтыс болған абитуриентлер – 25;
Әскерий бөлим усынысына ийе болғанлар – 168;
Нәгиранлығы болған пуқаралар (I-II топар) – 112;
Көзи әззи абитуриентлер – 2;
Шет тилин билиў дәрежеси (В1+) сертификатына ийе абитуриентлер – 21 ди қурайды.
Ҳәр күни өткерилген тест нәтийжелери мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында жәрияланып барылды.
Еслетип өтемиз, 3-6-август күнлери аралығында кириў имтиханлары болып өткен тәлим бағдарлары бойынша тест нәтийжелерин университет мәлимлеме ресурс орайы алдында аранаўлы түрде шөлкемлестирилген тахталардан көриўиңизге болады.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында