Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2018 10:25
  • 1585

Нөкис қаласы ҳәкимлиги таңлаў жәриялайды



Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 27-жыллығына арнап, «Әзиз ҳәм жалғызымсаң жана-жан Өзбекстаным» ураны астында пайтахтымыз мийманлары ҳәм турғынлары ушын қолайлы инфраструктураны жаратыў, олардың мәдений дем алыўларын шөлкемлестириў, қала абаданшылығы ҳәм архитектурасын еледе раўажландырыў мақсетинде «Nukus city» таңлаўын жәриялайды.
Таңлаўда инновациялық тәрептен креатив мәдений ҳәм кеўил ашар орынларда киши архитектуралық ҳәм арт қурылмаларын жаратыў пикиринде болған барлық пуқара қатнасыўы мүмкин.
Буның ушын, Сиз өз пикирлериңизди эскизге түсирип, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары ҳәм туризмди раўажландырыў комплексине усы жылдың 10-август күнинен 25-август күни аралығында усыныўыңыз керек болады.
Еслетип өтемиз, Сиз усынған ҳәр бир идея пайтахтымыз раўажланыўына хызмет етиўи менен бирге мәдений дем алыўшы пуқараларымызға заўық бағышлайды. Соның менен бирге, жасларымыздың неке тойларының сейилинде есте қаларлық мәўритлерди фото-сүўретлер арқалы мөрлейди.
Таңлаўда миллийлигимизди сәўлелендирген, тарыйхый естеликлерди өзинде жәмлеген, экономикалық-қаржы жағынан ҳәм ҳәзирги заманның талабына жуўап бере алатуғын энергия тежеў қәсийетине ийе болған жойбарларға айрықша дыққат қаратылады.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз болған қатнасыўшы «Ноутбук» ҳәм басқада бахалы саўғалар менен сыйлықланады. Киши архитектуралық қурылмалар, арт қурылмаларын қурыў ушын усыныс етилетуғын тийкарғы орынлар:
- Нөкис дийхан базар аймағы
- Бердақ атындағы мәмлекетлик драма театры
- Жаслар орайы аймағы
- Нөкис Халықаралық аэропорты
- И.В.Савицкий атындағы музей аймағы
- Нөкис Темир жол вокзалы аймағы
- «Истиқлол» дем алыў орайы
- «Амир Темур» дем алыў бағы
- ПҲАЖ әтирапы
- Дослық каналының бойы

Толық мағлыўматлар ушын телефон: 0 (361) 222 97 98
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити