Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.08.2018 13:51
  • 1822

«Көк кит»тен қутылып едик. Енди және бир бәле пайда болды: «Момо»

«Көк кит»тен қутылып едик. Енди және бир бәле пайда болды: «Момо»

Интернет тармағында жаңаша қәўипли ойын пайда болды. Бул ҳаққында Ташкент қалалық Ишки ислер бас басқармасы мағлыўматларына тийкарланып Sof.uz хабар бермекте.
What’s App мессенджери майданында тарқалып атырған бул ойын, Интернеттеги хабарларға қарағанда, бирнеше мәмлекетлерди ийелеп алған. Интернет-ресурсларында хабар берилиўинше, Мексиканың Табаско штаты Бас прокуратурасы ҳәттеки «Момо» виртуал ойынының қәўиплилиги ҳаққында ескерткен.
Өспиримлердиң руўхый жағдайы ҳәм ҳәттеки өмирине тәсири ҳаққында Аргентинаның Буэнос-Айрес қаласында 12 жаслы қыз өз жанына қастыянлық еткенинен соң ғана итибар бериле басланған. Бул ис бойынша сорастырыў алып барған полиция хызметкерлери өспиримниң телефонынан «Момо» ойынын тапқан.
Сырт ел сайтларының жазыўынша, «ойын мессенджердеги саўбетлесиўден басланбайды. Биринши гезекте кураторлар ҳәр қыйлы социаллық тармақлар ҳәм форумлардан пайдаланыўшыларды излейди. Олар өспиримлерге қорқынышлы сүўретлер ҳәм зорлық ҳәрекетлери сәўлеленген видеоларды жибереди. Соңынан ҳәр қыйлы буйрықларды орынлаўға мәжбүрлейди. Өспиримлер бас тартса, кураторлар тиккелей қорқытыўға өтеди. Егер пайдаланыўшы разы болса, ол зорлық сахналары сәўлеленген видеоларды қабыл етиўди даўам етеди, сондай-ақ, оның шахсына тийисли болған хабарлардың сораўлары ҳәм белгили бир ҳәрекетлерди ислеўге буйрық алады».
«Момо» - бул ким өзи? Мағлыўматларға қарағанда, «кураторлар» япон устасы Мидори Хаясидиң ҳәйкеллериниң сүўретлеринен пайдаланады. Бул ҳаял көринисиндеги қос аяқлы организмниң бюсти болып, оның көзлери қынынан шығып кеткен, жүзинде әжептәўир күлки сәўлеленген. Бул бюст пенен ойын арасында улыўма байланыс жоқ.
Ҳүрметли ата-аналар, жас өспиримлер! Итибарлы ҳәм қырағы болың: Интернет глобаллық тармағында пайдалы, керекли мағлыўматлар оғада көп. Бирақ, сондай ресурслар да бар, олардан жаўыз нийетли адамлар әпиўайы инсан ушын түсиниксиз болған өз мақсетлери жолында пайдаланады.
Айрым сайтларда «Момо»ны қалай жеңиў ҳаққындағы усыныслар да келтирилген: «Мессенджерди белгили бир мүддетке контакт дизиминдеги бар адамлардан қоңыраў қабыл етиўге сазлап қойыў керек. What’s App’та бундай операция жоқ. Бирақ, «Момо» сизиң контактлериниңдиң дизиминде пайда болса, оны дәрриў блоклап қойыў мүмкин».

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...