Дәслеп қызық ушын баслап, кейин ала әдетке айланып кеткен бармақлардың буўынларын қытырлатыў денсаўлығымызға зыянлы емес пе екен, деп жийи ойланып қаламыз.
Психолог Клодия Хэммондтың айтыўынша, бул бармақларды шынықтырыў менен тең екен. Ең қызықлы тәрепи, буны ислей отырып адамлар рәҳәтленеди. Өзиниң шаршағанын умытып, жаңадан энергия дәрегин пайда еткендей болады. Әдетке айланғаны соншелли, бир жумысты баслаў алдында бармақларымызды қытырлатқанымызды билмей қаламыз. Мағлыўматларға қарағанда, бармақ қытырлатыўды ҳаял адамларға қарағанда еркек адамлар көбирек ислейди екен. Бизге қытырлап еситилген даўыс болса сүйектиң даўысы емес, буўынлар арасындағы газ көбикшелериниң даўысы болып, бул адам денсаўлығы ушын ҳешқандай зыянлы емес екенлиги белгили болды.
Ислам Матеков.