Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.08.2018 17:23
  • 1704

Жаңа мектеп формасын оқыўшының өзи тиктирип кийиўге рухсат етиле ме?

Жаңа мектеп формасын оқыўшының өзи тиктирип кийиўге рухсат етиле ме?

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өткен ҳәптеде қабыл етилген «Муғаллимлер ҳәм оқытыўшылардың социаллық статусын арттырыў» ҳәм «Жаңа мектеп формасы менен тәмийинлеў»ге бағдарланған жаңа нормативлик ҳүжжетлердиң әмелде қолланылыўы бойынша әҳмийетли хабарларды мәлим етти.

Усы темада болып өткен баспасөз конференциясында Халық билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы Акбар Тагаев төмендегилерди мәлим етти:

- егер усы жылға мектеп формасы алып қойылған болса, жаңа форма алыў шәрт емес, сол форманы кийип мектепке келиўге рухсат бериледи;

- монополияға жол қойылмайды, яғный мектеп формасын кимнен алыўдың әҳмийети жоқ, белгиленген стандартқа сәйкес болса болғаны (мектеп формасын өзлери тиктирсе де болады);

Сондай-ақ, мектеп формасы бойынша усыныслар ушын биймәлел мүрәжат етиў мүмкин, яғный мектеп формасы усы формада қалып кетпейди, үш жылға шекем пикир-усыныслар үйренилип, тийисли өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...