Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.08.2018 17:16
  • 1738

Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте

Ислам дини – тынышлық ҳәм татыўлыққа, бир-биреўге мийрим-шәпәәтли болыўға шақыратуғын дин есапланады.
Муқаддес динимиздиң үлкен байрамларының бири Қурбан ҳайт байрамы елимизде көтериңки руўхта өтпекте. Халқымыз бир-бириниң ҳалынан хабар алып, байрамда жақсы тилеклерин айтып, бүгингидей жақты күнлеримизге шүкиршилигин билдирип, көтериңки кейпиятта байрамды белгилемекте.

Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте

Ҳайт байрамының өзгешеликлериниң бири саўап ислердиң ислениўи, инсанлардың бир-бирине жәрдем қолын созып, мүтәжлерди қоллап-қуўатлаўы болып табылады. Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-августтағы «Қурбан ҳайтын белгилеў ҳаққында»ғы Пәрманында да өз көринисин тапқан.

Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте
Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти де муқаддес байрамымыз – Қурбан ҳайт байрамында усындай саўаплы ислерди әмелге асырмақта.
Институт жәмәәти ўәкиллери байрам күни Хожели районындағы 1-санлы Меҳрийбанлық үйи, Ҳаял-қызлар мүриўбет үйи ҳәм Ақылы зайыл балалар мектеп-интернатында болып, усы жерлерде тәрбияланып атырған ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған инсанлардың ҳалынан хабар алды, олар ушын институтымыз жәмәәти тәрепинен таярланған байрам саўғаларын тапсырды.

Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте
Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте
Ҳайт байрамы саўаплы ислерге бағдарлайды: НМПИ жәмәәти қайыр-сақаўат жумысларын даўам еттирмекте

Өз гезегинде, бул дәргайлардың басшылары, оқыўшы ҳәм тәрбияланыўшылары, жәрдемге мүтәж болған инсанлар байрам күнлери көрсетилип атырған усындай ғамқорлық және итибар ушын миннетдаршылығын билдирди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

    Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс