Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.08.2018 12:57
  • 1792

Нөкис қаласында ҳаял жол-патруль инспекторы жумыс баслады

Нөкис қаласында ҳаял жол-патруль инспекторы жумыс баслады


Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының Makan.uz’ға берген мағлыўматына қарағанда, сынаў тәризинде Нөкис қаласы жолларында ҳаял жол-патруль инспекторы жумыс алып бармақта.
- Ҳәзирги ўақытта тәжирийбели жол-патруль инспекторлары менен биргеликте жумыс алып бармақтаман, - дейди жол-патруль инспекторы Юлдуз Матякупова. – Ишки ислер тараўында ислеп атырғаныма үш жылдан аслам ўақыт болды. Жолда инспекторлық етиўдиң өз алдына машақаты бар. Шофёрлардың биринши тәсири, әлбетте, ҳайран қалыўшылық болып атыр. Айрым шофёрлар жаңалық пенен қутлықлап атыр. Бирақ, жумыс – бул жумыс. Оны белгиленген тәртипте алып бармақтаман. Сырттан қарағанда аңсат жумыстай болып көрингени менен күн даўамында ҳәр кыйлы инсанлар менен сәўбетте болыўға туўра келеди. Илажи барынша әлпайымлылық пенен ҳәр қыйлы қағыйда бузыўшылықтың алдын алып, оларды болдырмаў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын алып бармақтамыз, - дейди Юлдуз.
Берилген мағлыўматқа қарағанда, жолларда ҳаял-қыз жол-патруль инспекторлары көбейеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...