Егер үйиңизге кондиционер алып үлгермеген болсаңыз, ғам жемең. Ыссы күнлери жақсы уйқлаўдың бирнеше усыллары бар.
1) Уйқлайтуғын бөлмеңиздиң есигин ашып қойың.
Бөлмедеги ҳаўа салқынлаўы ушын, тазарып турыўы керек. Егер бөлмеңиздиң есигин жаўып тасласаңыз, ҳаўа айланысы болмай қалады. Сол себепли, уйқлаў алдынан есигиңизди ашып қойың.
2) Күшли аўқат жемең.
Жеген аўқатыңыз уйқыңызға да тәсир ететуғынлығын есиңизден шығармаң. Әсиресе, жаз күнлеринде артықша аўқат жемең. Нормадан артық жесеңиз, организмиңиз артықша энергия сарплайтуғын болады.
3) Салқын душ қабыллаң. Тыныш уйқлаў ушын денеңиздиң температурасын орташадан бираз түсириў керек. Салқын душ буған жәрдем береди. Ол тек ғана денеңизди салқынлатып қоймай, териңизди шаң менен терден тазалап, жақсы дем алыўыңызды тәмийинлейди.
4) Уйқыдан бир саат алдын салқын ишимликлер ишиң. Салқын душ сыяқлы буның да пайдасы көп. Алкогольлы ишимликлер ҳәм кофеиннен бас тартың: олар уйқыңызды бузады.
5) Жеңил кийимлерде уйқлаң. Бул кийимиңиз тәбийғый материаллардан тигилген болыўына да итибар бериң.
Сахибжамал Есемуратова.