Өзбекстан қытайлы бирге ислесиўшилер менен Ташкент қаласы, Ташкент ўәлаяты ҳәм Самарқанд ўәлаятында темир жол инфраструктуралары бойынша жойбарды әмелге асырыўды жобаластырмақта.
Kun.uz сайтының хабар бериўинше, 29-30-август күнлери Жиззақ ўәлаятында болып өткен Халықаралық инвестициялық форумда Өзбекстан Республикасы Туризм комитети ҳәм Beijing Jiufang Grang Move Transportation Equipment Co.Ltd компаниясы және Германия-Қытай мәдений алмасыў ассоциациясы арасында көркем өнер ҳәм дизайн тараўында шәртнамаға қол қойылған.
Бул шәртнама Ташкент қаласы, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында темир жол, соның ишинде, туристлик темир жол инфраструктурасын раўажландырыўға бағдарланған.
Анықлаў етип айтқанда, бул келисим Өзбекстандағы қала транспорты системасына Beijing Jiufang Grang Move Transportation Equipment Co.Ltd компаниясы тәрепинен ислеп шығарылатуғын пәс бойлы, бир рельсли поездларды киргизиўди нәзерде тутады.
Сондай-ақ, Орайлық Азиядағы бес мәмлекет поездларына техникалық хызмет көрсететуғын орай шөлкемлестирилиўи, Ташкент қаласының ҳәм Самарқанд ўәлаятының туристлик аймақларында киши экскурциялық поездларды шөлкемлестириў, усы аймақлар бойлап мийманханаларды қурыў жобаластырылған.
Және де Өзбекстанда жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынларынан бири қурамында заманагөй инженерлик ҳәм басқарыў кадрларын таярлайтуғын факультет ямаса оқыў орны шөлкемлестириледи.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz