Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.09.2018 09:59
  • 1666

Мектеплерде ижараға берилген китаплар жойтып алынса неше сум жәрийма төленеди?

Мектеплерде ижараға берилген китаплар жойтып алынса неше сум жәрийма төленеди?
Өзбекстанда мектеплерде ижараға берилген сабақлықлар ямаса оқыў-методикалық қолланбалар ижараға алыўшылар тәрепинен жойтып алынған ямаса пайдаланыўға жарамсыз жағдайға келтирилген болса, зыянның орны олар тәрепинен усындай сабақлықлар менен қапланады ямаса олардың қуны белгиленген муғдарларда төленеди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бул төмендеги тәртипте әмелге асырылады:
- биринши класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлықлары ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын – оның бир есеси муғдарында;
- 2-4-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын – оның еки есеси муғдарында;
- жоқары класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын – оның төрт есеси муғдарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў