Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.09.2018 10:23
  • 1807

Мәжбүрий мийнетке тартыў жағдайларын әшкаралаў мақсетинде Telegram-bot жаратылды

Мәжбүрий мийнетке тартыў жағдайларын әшкаралаў мақсетинде Telegram-bot жаратылды
Өзбекстанда мәжбүрий мийнет бойынша төменги буўынлардағы өзбасымша басшыларды әшкаралаў мақсетинде ҳүкиметке жәрдем бериў ушын @paxta2018_bot мәнзилинде «Пахта-2018» атамасындағы арнаўлы бот ашылды. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев өз Telegram каналында хабар берди.

Егер:
- сизди жумыс, оқыў ямаса жасаў орныңыздан пахта теримине шығыўға мәжбүрлеп атырған болса;
- сизден пахтаға шықпаўға пул талап етип атырған болса;
- пахта атызларында балалар мийнетиниң гүўасы болған болсаңыз;
- өз қәлаўиңиз бенен еркин теримши сыпатында пахта теримине шыққан болсаңыз, бирақ жатақ жер, азық-аўқат, мийнет қорғаныўы бойынша жеткиликли шараятлар болмаса ямаса пахта терими ушын мийнет ҳақыңызды өз ўақтында бермей атырған болса;
- ҳәм усы сыяқлы басқа машқалалар жүзеге келген болса онда дәрриў хабар бериң, деп жазылған хабарда.

Ҳәр бир мүрәжат әлбетте көрип шығылады ҳәм машқаланы сапластырыў ушын тийисли шөлкемлер менен биргеликте жумыслар алып барылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы