Тыныш океанының Мексика ҳәм Гаваи атаўлары арасындағы жеринен 4 мың метр тереңликте сырлы излер табылды.
Айрым илимпазлардың пикиринше, бул намәлим ушар объектлердиң изи болыўы мүмкин. Узынлығы 2,5 метр, тереңлиги 30 сантиметрли излер Саутгемптондағы Миллий океантаныў орайының уллы британиялы илимпазлары тәрепинен жиберилген роботлар жәрдеминде анықланған.
Уллы британиялы илимпазлардың билдириўинше, излер табылған жерде таў-кән жумыслары ямаса илимий операциялар өткерилмеген.
Сондай-ақ, балықлар бундай излерди қалдыра алмайды. Себеби, излер оғада үлкен.
Илимпазлардың бири доктор Ли Марштың айтыўына қарағанда, излер арнайы түспеген. Бундай үлкен излерди тек ғана китлер қалдырыўы мүмкин. Ал китлердиң 4 мың метр тереңликте болыўы оғада сийрек гезлесетуғын жағдай есапланады. Ал басқалары болса бул излердиң басқа планетадан келген техниканың изи екенине исенбекте.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz