



Иске түскен еки фонтан көпшиликтиң нәзеринде үлкен жаңалық болды, десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, бул жердеги ҳәр түрли гүллер хош ийисин таратып әтирапқа гөззаллық бағышласа, арша ағашлары, сондай-ақ, олардың ортасында жайласқан фонтанлардан таралған сеслер адамларда әжайып сезимлерди пайда етпекте. Және еки бойына адамлар жүриўи ушын төселген реңли таслар болса, халқымыздың ул-қызларының заўықлы дем алыўы ушын хызмет етпекте.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, буннан алдын район орайындағы «Азиза» рестораны алдында усындай музыкалы реңли фонтан иске түскен еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


