18-сентябрь күни Бухара ўәлаятында газ баллоны орнатылған автобус аварияға ушырағанынан соң Өзбекстан ҳүкиметигаз баллоны орнатылған автотранспорт қураллары, оларға хызмет көрсететуғын газ қуйыў станциялары, сондай-ақ, тәбийғый газ бенен ислейтуғын қазанханалар, печьлер ҳәм басқа үскенелердиң техникалық жағдайын пуқта және ҳәр тәреплеме тексериўден өткериў ҳаққында бийлик шығарды. Бул ҳаққында Gazeta.uz хабар бермекте.
Еки ай даўамында алып барылатуғын тексериў нәтийжелери бойынша жанар май сыпатында тәбийғый газден пайдаланылатуғын автотранспорт қураллары, газ қуйыў станциялары, қазанханалар, печьлер ҳәм басқа үскенелерден пайдаланыў менен байланыслы аварияның алдын алыў бойынша «Жол карталары» ислеп шығылады.
Еслетип өтемиз, 18-сентябрь күни Бухара ўәлаятының Когон районында «Ғузар-Бухара-Нөкис» А-380 автомобиль жолының 201-километринде «Исузу» жолаўшы автобусына орнатылған газ баллоны атылған. Буның ақыбетинде 5 адам қайтыс болған, 21 адам жарақатланған. Барлық жолаўшылар Өзбекстан пуқаралары. Газ баллонының атылыўы автобус газ қуйыў станциясынан шығыўдан-ақ жүз берген. Қайтыс болғанлар ҳәм жарақатланғанлар мәкке өнимин жыйнап алыўға баратырған болған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz