
Мағлыўматларға қарағанда, бүгин, яғный 14-августтан 15-августқа өтер түнде барлық жоқары оқыў орынларында 1-август күни өткерилген кириў тест сынақларының нәтийжелери жоқары оқыў орынларының бас биналарына қыстырылады. Бирақ, бул ҳаққында еле рәсмий тастыйықланған хабар тарқатылмады. Өз билимине исенген абитуриентлерге әўмет тилеп қаламыз!
Ислам Матеков.