Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.09.2018 07:17
  • 1731

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 2 Президент стипендиаты шықты

27-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде 2018-2019-оқыў жылы ушын өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазлары анықланды.
Быйылғы оқыў жылында Қарақалпақ мәмлекетлик университети социал-экономика факультети философия бағдарының 4-курс студенти Нурназар Пирназаров бакалавр басқышы студентлери арасында өткерилген таңлаўдың социал-гуманитар пәнлер бағдары бойынша ҳәм университеттиң магистратура бөлими қарақалпақ әдебияты қәнигелигиниң 2-курс магистранты Замира Айымбетова магистратура басқышы магистрантлары арасында өткерилген таңлаўдың социал-гуманитар пәнлер бағдары бойынша Президент стипендиаты болыўға еристи.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 2 Президент стипендиаты шықты
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Нурназар Пирназаров студент болыўы менен бирге, университет жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси болып табылады. Оның Президент стипендиаты болыўы Қарақалпақстанда философия бағдары бойынша биринши нәтийже есапланады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 2 Президент стипендиаты шықты
Замира Айымбетова усы жылдың март айында Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың 80 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген илимий-жәмийетлик мақалалар таңлаўында жеңимпаз болған еди.
Еслетип өтемиз, бир оқыў жылында еки Президент стипендиатының шығыўы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде екинши мәрте болмақта. Буннан алдын 2016-2017 оқыў жылында магистратура басқышының 2-курс магистрантлары Гүлжәҳән Сейтназарова ҳәм Малика Палымбетовалар усы стипендия жеңимпазлары болған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл