Telegram karinform

Экономика

  • 03.10.2018 12:27
  • 2023

Өзбекстан банклери микроқарыз бериў мүмкиншилигине ийе болды

Өзбекстан банклери микроқарыз бериў мүмкиншилигине ийе болды
Коммерциялық банклер микрокредит шөлкемлери менен бирге микроқарызлар бериў ҳуқықына ийе болды, деп хабар бермекте Gazeta.uz. Тийисли өзгерислерди киргизиў Өзбекстан Республикасы Сенаты тәрепинен 27-сентябрьдеги 16-улыўма мәжилисте тастыйықланды.
Микроқарыздың суммасы ең кем айлық мийнет ҳақының 100 есесине шекемги муғдарда болыўы мүмкин ҳәм тийкарынан нақ формада 1 жылға шекемги мүддетке бериледи.
Соның менен бирге, жылына қарыз алыныўы мүмкин болған муғдардың ярымынан көбисин қурайтуғын суммадағы микрофинанслық хызметлерин көрсетиў келисимлери бойынша процентлер есапланыўы, комиссиялық төлемлер ҳәм жәриймалар өндирилиўи және басқа жуўапкершилик шараларының қолланылыўын қадаған етеди.
- Банклер микроқарызлар бериў ҳуқықын қолға киргизип атырғаны усы тараўдағы бәсеки орталығын жақсылайды. Сондай-ақ, адамлар ҳәттеки алыс аймақларда да усы хызметлерден пайдаланыўы мүмкин болады. Бул микроқарызлардың процентлик ставкалары базар шараятында қәлиплесиўине де алып келеди. Айрым банклер әллеқашан микроқарызлар бериўди баслады, бул процентлик ставкалары 62 проценттен орташа еки есе төменлеўине алып келди, - деди Орайлық банк ўәкили.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...