Telegram karinform

Спорт

  • 09.10.2018 10:09
  • 1951

Аргентинадағы Олимпиада ойынларына Қарақалпақстаннан неше спортшы қатнаспақта?

Аргентинадағы Олимпиада ойынларына Қарақалпақстаннан неше спортшы қатнаспақта?

Усы жылдың 6–18-октябрь күнлери аралығында Аргентина пайтахты Буэнос-Айрес қаласында III жас өспиримлер олимпиада ойынлары өткериледи.
7-октябрь күни Олимпиада ойынларының ашылыў мәресими Буэнос-Айрес қаласындағы белгили «Obelisco» спорт майданшасында өткерилди.
Олимпиада ойынларына 206 мәмлекеттен 15-18 жасқа шекемги 3926 спортшы қатнаспақта.
Жарыста Өзбекстан спорт делегациясы қурамында Қарақалпақстаннан спорттың жүзиў түринен Бийбигүл Меңлибаева, дзюдо бойынша Нилюфар Ермағамбетовалар Ўатанымыздың абырайын қорғамақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова хабар бермекте.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, жарыста спорттың 16 түринен 37 спортшы Өзбекстанның абырайын қорғайды. Бул елимиз ушын жас өспиримлер олимпиадасындағы рекорд көрсеткиш болып есапланады.
Ойынлар бағдарламасына брейк-данс, каратэ, шоққыға шығыў, ролликли спорт, суў гандболы ҳәм футзал биринши мәрте киргизилген.
Спорт ойынлары ҳаққында мағлыўматлар берип барамыз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация