Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.10.2018 15:28
  • 1342

НМПИ ҳәм ҚМУ командалары Бухарада өткерилген «Студентлер кубогы» интеллектуал турнири аймақлық басқышында жеңимпаз болды

НМПИ ҳәм ҚМУ командалары Бухарада өткерилген «Студентлер кубогы» интеллектуал турнири аймақлық басқышында жеңимпаз болды
31-октябрь күни Бухара қаласында Халықаралық мийнет шөлкеминиң басламасы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң жәрдеминде Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары (сырт ел жоқары оқыў орынлары филиалларында да) арасында «Заковат» интеллектуал ойыны шеңберинде мийнет ҳуқықларына арналған «Студентлер кубогы»ның аймақлық басқышы шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларындағы жоқары оқыў орынларынан жәми 16 команда, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасынан 6 жоқары оқыў орны ҳәм филиаллардан командалар қатнасты.
Ойын 3 бөлимнен ибарат болып, ҳәр бир бөлимде 12 сораўдан – жәми 36 сораў ойналды.
Студентлердиң билим ҳәм көнликпелери, логикалық ойлаў дәрежесин арттырыўға бағдарланған ойын жуўмағында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Қарақалпақ мәмлекетлик университети командасы 1-орын ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 3-орынды ийеледи. 2-орын Ургенч мәмлекетлик университети командасына несип етти.
НМПИ ҳәм ҚМУ командалары Бухарада өткерилген «Студентлер кубогы» интеллектуал турнири аймақлық басқышында жеңимпаз болды
- Тийкарғы бөлимде үш команданың да топлаған балы теңдей болып қалды – 16 балл. Солай етип, қосымша сораўлар ойналды. Қосымша сораўларда бизге бираз шаққанлық ҳәм тапқырлық жетипеди. Финал басқышына жоллама алғанымыздан қуўанышлымыз. Финалға күшли таярлықлар көрип, жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз, - дейди НМПИ командасы ағзасы, магистрант Бахтияр Бекмуратов.
Солай етип, жеңимпаз командалар усы жылдың 16-ноябрь күни Ташкент қаласында өткерилетуғын финал ойынына жоллама алды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...