Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.11.2018 09:47
  • 1444

НМПИде Тәжикстан миллий университети ўәкиллери мийманда болды



Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Тәжикстан Республикасындағы Тәжикстан миллий университетиниң механико-математика факультетиниң деканы Раим Одинаев, университет доценти Абдулло Мирзоев ҳәм бир қатар студентлер менен ушырасыў болып өтти.



Ушырасыў даўамында институт пенен Тәжикстан миллий университети ортасында билимлендириўдиң ҳәр түрли тараўлары бойынша биргеликте ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.



Оған муўапық, келешекте еки жоқары оқыў орны ортасында профессор-оқытыўшылар, магистрантлар, студентлер ҳәм илимий излениўшилердиң билимин жетилистириў, стажировкаға жибериў, биргеликте илимий қолланбалар ҳәм китаплар шығарыў, мағлыўматлар алмасыў, биргеликте илимий конференция, семинарларды өткериў бойынша келисип алынды.



Буннан соң мийманлар физика-математика факультетинде болып, ол жердеги профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер менен ушырасып, өз-ара пикир алмасылды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет