Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.11.2018 16:38
  • 1662

Савицкий музейине жәрдем берип киятырған Нидерландия фонды тарқатып жибериледи

Савицкий музейине жәрдем берип киятырған Нидерландия фонды тарқатып жибериледи
Нидерландияда жайласқан Нөкистеги музей досларының қайырқомлық фонды (Friends of Nukus Museum, FoNM) 2018-жылдың ақырында тарқатып жибериледи. Бул ҳаққында фонд баслығын Дэвид Пирс журналистлерге мәлим етти, деп жазады Kun.uz.
Бул фонд Нөкистеги И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейине материаллық жәрдем, китаплар ҳәм үскенелер жеткерип, жәрдем берип келген. Фондтың тарқатып жиберилиўине себеп сыпатында Пирс соңғы үш жылда музейге берилген қайырқомлық саўғалары, соның ишинде, аудиоүскенелер ҳәм китаплардың жоқ болып кеткенлигин келтирип өткен.
«Бизге мәлим болыўынша, олар я конфискацияланған, яки урлап кетлиген», - деп айтқан Пирс. Хабарда жазылыўынша, Нөкистеги Савицкий музейи басшылығы жағдайға түсиник бериўден бас тартқан.
Музейге 1966-жылы тийкар салынған ҳәм кейин ала археолог, этнограф ҳәм художник Игорь Савицкий (1915-1984) аты берилген. Ол 1950-жылы Москвадан Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясы қурамында Қарақалпақстанға келген ҳәм Нөкисте қалып, коллекционерлик пенен шуғыллана баслаған.
Археологиялық естеликлерди коллекция етиў менен бирге, ол 1920-1930-жыллардың авангард ҳәм поставангард өнерин топлай баслаған. Нөкистеги сол дәўир сүўретшилик ҳәм графикалық дөретпелери топламы өз көлеми ҳәм әҳмийети жағынан Мәмлекетлик Рус музейи топламынан кейинги дүньядағы екиншиси болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...