Telegram karinform

Технология

  • 14.11.2018 14:16
  • 1889

1-декабрьден баслап интернет тезлиги 10 есеге көбейеди – ӨзА

1-декабрьден баслап интернет тезлиги 10 есеге көбейеди – ӨзА
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде интернет тезлигин 2018-жылдың ақырына шекем 8-10 есеге көбейтиў ҳаққында тапсырма бергенинен хабарыңыз бар.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА интернет тезлигиниң 10 есеге көбейиўи бойынша сораў менен Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзбектелеком»ға мүрәжат етти.
Агентликтиң мүрәжатына жуўап сыпатында, Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги интернет тезлиги мәселеси менен «Өзбектелеком» компаниясы шуғылланатуғынлығын билдирген.
«Өзбектелеком»ның жуўапкер хызметкер Юнус Камолов болса 1-декабрьден баслап Өзбекстанда интернет тезлиги Президент айтқанындай 10 есеге көбейтилиўин мәлим еткен.
«Ҳәзирги ўақытта техникалық жумыслар жуўмақланбақта. Сырт елли бирге ислесиўшилер менен дүзилген шәртнамаларда интернет 10 есеге тезлесиўи көрсетип өтилген», - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде