Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.11.2018 16:33
  • 1006

2018-жылғы пахта мәўсиминде 200 ден аслам жуўапкер шахсларға жаза шаралары қолланылған

2018-жылғы пахта мәўсиминде 200 ден аслам жуўапкер шахсларға жаза шаралары қолланылған
Өзбекстанда 2018-жылғы пахта мәўсими даўамында 200 ден аслам ҳәр қыйлы дәрежедеги мәмлекетлик лаўазымлы шахсларға интизамлық шаралар қолланылған. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген илажда бул ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазады Kun.uz.
Министр нызам бузыўшылыққа жол қойған лаўазымлы шахсларға салынатуғын жәрийма муғдарын кескин көбейтиў бойынша ҳүжжет жойбары ислеп шығылып атырғаны ҳаққында да айтып өтти.
2018-жылда ҳүкиметлик исеним телефонлары арқалы 2 500 ден аслам мүрәжатлар келип түскен. Көп жағдайларда мийнет ҳуқықларының бузылыўында айыплы деп табылған лаўазымлы шахслар, ҳәкимлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер басшыларына интизамлық ҳәм ҳәкимшилик шаралар көрилди. Бундай шаралар жумыстан босатыў, сөгис ҳәм жәриймалардан ибарат болды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...